ТАЗА САБАҚЛЫҚЛАР МЕНЕН ЖАҢАША ОҚЫТЫЎ

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Maqalalar
Sáne: 04.10.2021

Бүгинги күнде жаслардың оқып билим алыўылары ушын барлық мүмкиншиликлер жаратылған. Заманға сай үскенеленген оқыў ханаларында жаңа педагогикалық технологиялардан пайдаланып, интерактив усыллар сабақ өтиў ушын имканиятлар да жеткиликли. Дәстүрий емес усылларда сабақ өтиў студент-жаслардың пәнге болған қызығыўшылығын арттырыў менен бирге оқытыўшының өзинде ҳәр бир сабаққа пухта таярланыўға мәжбүрлейди.


Жаңа оқыў жылында Өзбекстан мəмлекетлик көркем өнер ҳəм мəденият институты Нөкис филиалы мәлимлеме-ресурс орайына жаңа оқыў жылында 57 ҳәр қыйлы атамадағы китаплар алып келинген болып, олар сабақлық, оқыў қолланбалар, әдебий шығармалар ҳәм басқа түрдеги әдебиятлар болып табылады.
Жаңа оқыў қолланбалардың жаратылыўы сабақлардың жаңаша түс алыўына себеп болды. Алдыңғы сабақлықлардан жаңа сабақлықлардың парқы ҳәм абзаллығы бар. Темалар жетилистирилген, илимий пикирлер келтирилип қурамаластырылған. -дейди «Социал-гумантиар пәнлер» кафедрасы аға оқытыўшысы, ф.и.к. А.Прекеева.
Әлбетте, бул алып келинген әдебиятлар көркем өнер ҳәм мәденият тараўын ийелемекши болған студент-жаслардың теориялық билимин жетилистириўде, китапхана фондын илимий-методикалық қолланбалар менен байытып барыўда әҳмийетли есапланады.

ӨзМКӨМИ Нөкис филиалы баспасөз хызмети

 784 

Paydalı derekler