Бәнт болың. Бул дүньядағы ең арзан ҳәм пайдалы дәрилерден бири.
Deyl Karnegi
Жасларды билимли, озық ойлы ҳәм Ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаўда китаптың орны айрықша. Китап оқыған адамның ойлаў дәрежеси кеңейип, пикирлеў қәбилети артып бара береди. Сонлықтан елимизде жаслар арасында китапқумарлық мәдениятын арттырыў ҳәм китап өнимлерин баспадан шығарыўға айрықша итибар қаратылмақта.
Жаңа оқыў жылында китапхана фонды илимий-методикалық қолланбалар менен байытылмақта. Усы жылы, филиалымыздың мәлимлеме-ресурс орайына 57 ҳәр қыйлы атамадағы китаплар алып келинди. Ҳәзирде Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы мәлимлеме-ресурс орайының китаплар фонды 15242 қурайды. Соннан 2376 сабақлық, 4152 оқыў қолланба, 5586 көркем әдебият, 1930 нусқада басқа түрдеги әдебиятлар болып табылады.
Әлбетте, бул әдебиятлар көркем өнер ҳәм мәденият тараўын ийелемекши болған студент-жаслардың теориялық билимин жетилистириўге хызмет етери анық.
ӨзМКӨМИ Нөкис филиалы баспасөз хызмети.
708