Бүгинги ғалаба хабар қураллары түсинигиниң мәниси күн сайын кеңейип, оның түрлери көбеймекте. Демек, информация майданы да әдеўир кеңейди. Интернет тармақлары көпшиликтиң бирден-бир қызығатуғын ҳәм информация алмасатуғын орайына айланды. Интернет тәсир көрсетиўдиң жоқары дәрежеде күтилмеген қүдиретли қурал болып, оның абзал тәреплерин ҳәм кемшиликлерин бирден билип алыў оғада қыйын.
Инсан интернеттен керекли информацияны алады, бирақ, соның менен бирге, жаслардың санасына унамсыз тәсир етиўи мүмкин болған информацияға да дус келеди. Интернетте ҳәр қыйлы сайтлар көп. Жақсысы да, жаманы да. Әсиресе, биз санамызға кери тәсир ететуғын жаман иллетлерден, жат идеялардан, тәрбиялық әҳмийетке ийе болмаған сайтлардан өзимизди аўлақ тутыўымыз дәркар.
Интернет тармағының тез пәтлер менен раўажланыўы жәмийет турмысын түптен өзгертип жиберди. Заманагөй адам жумыс күнин интернеттен баслап, соның менен жумыс күнин жуўмақлайды. Глобаль тармақ күшли раўажланып, оның имканиятлары кеңейип баратыр. Улыўма алғанда, ашық хабар системасында, Интернет арқалы кирип келип атырған бузғыншы идеялар, бизиң неше мың жыллық бай мәдениятымызға, үрп-әдет, дәстүрлеримизге, қәдириятларымызға, жасларымыздың руўхый санасына зыян тийгизетуғыны белгили болмақта. Бул болса жасларды еле де сергек болыўға шақырмақда.
Г. Өтепбергенова
320