Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы бос турған төмендеги лаўазым ушын таңлаў жәриялайды

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Daǵazalar
Sáne: 27.04.2023

Ассистент оқытыўшы лаўазымына Халық дөретиўшилиги» кафедрасына бир ставка (Саз-әсбап атқарыўшылығы бағдары бойынша).

Ассистент оқытыўшы лаўазымы «Халық дөретиўшилиги» кафедрасына бир ставка (Қосық ҳәм ойын бағдары бойынша).

Ассистент оқытыўшы лаўазымы «Мәденият ҳәм китапхана искерлиги» кафедрасына  бир ставка (Мәданият ҳәм көркем өнер тараўы менеджменти бағдары бойынша)

Ассистент оқытыўшы лаўазымы «Техноген ҳәм драматургия көркем өнери» кафедрасына бир ставка (Кино телевидение ҳәм радио сес режиссёрлығы бағдары бойынша)

Ассистент оқытыўшы лаўазымы «Техноген ҳәм драматургия көркем өнери» кафедрасына бир ставка (Кино телеоператор бағдары бойынша).

Ассистент оқытыўшы лаўазымы «Социал-гуманитар пәнлер» кафедрасына бир ставка (Инглис тили бағдары бойынша)

Ассистент оқытыўшы лаўазымы «Режиссура ҳәм актёр шеберлиги» кафедрасына бир ставка (Қуўыршақ театр актёрлығы бағдары бойынша)

Ассистент оқытыўшы лаўазымы ушын таңлаўға тийисли қәнигелик бойынша жоқары мағлыўматқа ийе болған пуқаралар (магистр, дипломлы қәнийге) қатнасыўы мүмкин.

Таңлаўда қатнасыўды қәлеўшилер тәрепинен директордың атына арза, кадрларды есапқа алыў бойынша жеке ис қағазы, дипломлардың түп нусқасы ҳәм көширмеси, илимий жумыслар дизими ҳәм де қәнигелигин жетилистирилгенлиги ҳақкындағы гүўалығының көширмеси тапсырылады.

Арзалар дағаза жәрияланған күннен баслап бир ай мүддет даўамында қабыл етиледи. Таңлаў шәртлери бойынша қосымша мағлыўматлар ҳаққында Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы Кеңесине мүрәжат етсеңиз болады.

Дағаза қосымша филиалдың https://uzdsmi-nf.uz рәсмий веб-сайтында да жәрияланады.

Мәнзилимиз: Нөкис қаласы, Қарақалпакстан көшеси номерсиз жай, бағдар бурынғы Нөкис экономика колледжи.

Мағлыўмат ушын телефон: (61) 224-29-02.

 172 

Paydalı derekler