Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында 2023-2024-оқыў жылы Ғәрезсизлик сабақлары менен даўам етпекте.
Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы мәжилислер залында Көркемөнертаныў факультет деканы профессор Г.Ходжаметова быйыл оқыўға қабыл етилген 1-курс студентлерге Ғарезсизлик сабағын өтти.
Ғарезсизлик сабағы барысында филиал “Тумар” ойын ансамбли дөгереги, “Эстрада қосық” дөгереги, басқада дөгереклер Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларына кеңнен танытқанлығын айтып өтти.Сондай-ақ Өзбекстан Республикасының Президенти «БЕС БАСЛАМАСЫ» тийкарында 2021 жылы филиал студент-қызлары ушын ашылған «Шебер қоллар» дөгереги хақкында кеңнен айтып отилди. Сондай-ақ, 1-курс студентлери ушын танысыў ҳәптелиги шеңберинде филиал ишки тәртип-қағыйдалары ҳаққында түсиниклер берип, бос ўақытларын мазмунлы өткериў, спорт пенен шуғылланыў, кийиниў ҳәм сөйлеў мәденияты ҳаққында кеңнен мағлыўматлар берип өтти.
71