Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында жаңа 2023-2024 оқыў жылында қабыл етилген 1-курс студент жасларға филиал профилактика инспекторы Н.Еримбетов ҳәм филиал деканы орынбасары Г.Шариповалар тәрепинен түсиндириў жумыслары алып барылды.
Студент жаслар арасында жол қағыйдаларына әмел қылыў ҳәм пядалар жолында тәртипти сақлаў, сондай-ақ жолдан өткенде қулақшынлардан пайдаланбаў кереклиги басқада тәртип қағыйдаларды түсиндириў жумысларын алып барды.
Өткерилген жол қағыйдаларын түсиндириў жумысларын алып барыў даўамында студентлер тәрепинен берилген сораўларға тийисли жуўаплар берилди.
48