Филиал директоры 1-курс студентлерине «Ғәрезсизлик сабағы»н өтти

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 09.09.2023

Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы мәжлислер залында 2023-2024-оқыў жылында оқыўға қабыл етилген 1-курс студент-жаслар менен жақыннан сəўбетлесиў мақсетинде филиал директорының «Ғәрезсизлик сабағы» болып өтти.

Филиал директоры А.Аяпов кирис сөзинде студент болыў бахтына мияссар болған жасларды қызғын қутлықлады. «Жоқары билимлендириў тараўындағы реформалар: көркем өнер ҳәм мәденият тараўы мысалында» темасында өткерилген сабақ барысында бүгинги күнде мəмлекетимизде жүз берип атырған унамлы өзгерислер, жасларға жаратылып атырған кең имканиятлар, билимлендириў тараўындағы жетискенликлер ҳәм реформалар ҳаққында айрықша тоқталып өтти.

Соның менен бирге, филиалдың ишки тәртип-қағыйдалары ҳәм жаратылған шараятлар менен жақыннан таныстырылды. Атап айтқанда, студентлердиң өз бетинше жумысларына таярланыўлары ушын мәлимлеме-ресурс орайында кең имканиятлар жаратылғанлығы, бүгиннен баслап ҳəр бир студент илимий-изертлеў ҳəм дөретиўшилик жумыслары менен шуғылланыўы кереклиги ескертилди. Сондай-ақ, студент-жаслардың сабақлардан бос ўақытларын мазмунлы өткериўин тəмийинлеў, оларды дөретиўшилик ислери ҳəм спрот пенен үзликсиз шуғылланып барыўын тəмийинлеў мақсетинде филиалда «Спорт клубы», «Art Life» театр студиясы, «Китапқумарлық клубы», «Пегас шоў» КВН командасы, «Тумар» аяқ ойын ансамбли, «Шебер қоллар» орайы жолға қойылғанлығы ҳəм филиалда ҳəр бир студент өзи оқып атырған тəлим бағдарлары бойынша терең билим алыўы ушын бəрше шəраятлар жаратылғанлығын айтып өтти.

Сабақ соңында студент-жаслар өзлерин қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.

ÓzMKÓMI Nókis filialı kanalına aǵza bolıń:???https://t.me/uzdsminf_24

 63 

Paydalı derekler