Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы мәжлислер залында филиал жаслар аўқамы басланғыш шөлкеминиң есап бериў ҳәм сайлаў мәжилиси болып өтти.
Онда Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси Басланғыш шөлкеми жумысларын муўапықластырыў бөлими баслығы М.Халмуратов ҳәм топар жаслары қурамынан дүзилген делегатлар қатнасты. Илажда филиал директорынң Жаслар мәселелери ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша орынбасары А.Өтепбергенов шығып сөйлеп, филиал жаслар аўқамы басланғыш шөлкеми тәрепинен әмелге асырылған жумыслар туўралы атап өтип, талабанларға әўмет тиледи.
Күн тәртибиндеги мәселелер бойынша басланғыш шөлкеми тәрепинен 2022-2023-оқыў жылы даўамында әмелге асырылған жумыслар бойынша Ж.Бердимуратовтың мағылўматы тыңланды.
Буннан соң, мәжилисте филиал жаслар аўқамы басланғыш шөлкеми жетекшилигине усынылған үш талабан даўысқа қойылды. Ашык даўыс бериў жолы менен филиал жаслар жетекшиси лаўазымына Жеткер Бердимуратов сайланды. Өз гезегинде Ж.Бердимуратов делегат ағзаларына және бир мәрте исеним билдиргени ушын өз миннетдаршылығын билдирди.
Илаж студент-жаслар тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен жуўмақланды.
Филиал баспасөз хызмети
50