Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы мәжилислер залында филиал директоры А.Аяпов ҳәм Жаслар мәселелери, руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша директор орынбасары А.Өтепбергеновлар басшылығында студент-жаслар менен «Жаслар тәрбиясы-әҳмийетли мәселе» атамасында ушырасыў шөлкемлестирилди.
Ушырасыўда «Шаңарақ» шаңарақ жәмийетлик-гуманитар ҳәм жаслар басламасы орайы директоры, психология илимлери докторы М.Өтепбергенов ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министирлиг Адвокатура, нотарият ҳәм ҳуқықый хызметлер бөлими бас мәсләҳәтшиси А.Өтеўлиевлар мийманда болды.
Мийманлар жыйналған студент-жаслар менен психологиялық сораў-жуўаплар арқалы олар менен тығыз байланыста болып, өмирде жетискенликлерге ерисиў бойынша мотивациялық пикирлери менен бөлисти. Соның менен бир қатарда, соңғы жылларда мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар, бәрше тараўлардағы алға илгерлеўшиликлер, мәмлекетимиз басшысы тәрепинен Қарақалпақстан Республикасына қаратылып атырған кең көлемли өзгерислер ҳаққында айрықша тоқтап өтти.
Ушырасыў соңында студент-жаслар өзлериниң қызықтырған сораўларына жуўап алды.ÓzMKÓMI Nókis filialı kanalına aǵza bolıń:???https://t.me/uzdsminf_24
69