Аға оқытыўшы лаўазымы 1 ставка «Халық дөретиўшилиги» кафедрасына. Аға оқытыўшы лаўазымын ийелеў ушын таңлаўда жоқары мағлыўматқа ийе болған (Магистр, дипломлы қәниге), сондай-ақ, илимий дәреже (илим кандидаты, тийисли қәнигелик бойынша илим докторы (PhD) дәрежесине ямаса оған теңлестирилген басқа илимий дәрежелерине) ҳәм илимий атаққа ийе болған ҳәмде бундай дәреже ҳәм атаққа ийе болмаған, бирақ оқытыўшылық, илимий-изертлеў ҳәм ислеп шығарыў ислери тәжирийбесине ийе болған шахслар да қатнасыўы мүмкин.
Ассистент оқытыўшы лаўазымына «Социал-гуманитар пәнлер» кафедрасына 0,75 ставка (Өзбек әдебияты бағдары бойынша)
Ассистент оқытыўшы лаўазымы ушын таңлаўға тийисли қәнигелик бойынша жоқары мағлыўматқа ийе болған пуқаралар (магистр, дипломлы қәнийге) қатнасыўы мүмкин.
Таңлаўда қатнасыўды қәлеўшилер тәрепинен директордың атына арза, кадрларды есапқа алыў бойынша жеке ис қағазы, дипломлардың түп нусқасы ҳәм көширмеси, илимий жумыслар дизими ҳәм де қәнигелигин жетилистирилгенлиги ҳақкындағы гүўалығының көширмеси тапсырылады.
Арзалар дағаза жәрияланған күннен баслап бир ай мүддет даўамында қабыл етиледи. Таңлаў шәртлери бойынша қосымша мағлыўматлар ҳаққында Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы Кеңесине мүрәжат етсеңиз болады.
Дағаза қосымша филиалдың https://uzdsmi-nf.uz рәсмий веб-сайтында да жәрияланады.
Мәнзилимиз: Нөкис қаласы, Қарақалпакстан көшеси номерсиз жай. Бағдар бурынғы Нөкис экономика колледжи.
Мағлыўмат ушын телефон: (61) 224-29-02.
1,526