ФИЛИАЛДА РЕСПУБЛИКАЛЫҚ ИЛИМИЙ-ТЕОРИЯЛЫҚ КОНФЕРЕНЦИЯ ӨТКЕРИЛДИ

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 17.05.2023

Соңғы жыллары елимизде жоқары билимлендириў мәкемелеринде билимлендириўдиң сапасын арттырыўдың тийкарғы факторларының бири сыпатында профессор-окытыўшыларды илимий-изертлеўге бағдарлаў, олардың илимий потенциялын көтериў арқалы дүньяжүзилик илимий жәмийетшиликте, халықаралық абырайлы илимий-техникалық базаларда өз орнына ийе болыўына айрықша дыққат қаратылмақта. Бул бағдарда Президентимиз тәрепинен бир қатар қарар ҳәм пәрманлар қабыл етилип, жоқары оқыў орынларының алдына раўажланған мәмлекетлер тәжирийбесин енгизиўде дүньяжүзилик критериялар тийкарында ислеп шығылған, жаңадан-жаңа талаплар ҳәм ўазыйпалар белгилеп берилди.

Бүгин Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты нөкис филиалында «Қарақалпақстан көркем өнери ҳәм мәдениятыныӊ  раўажланыўында «Жаңа Өзбекстанда жаңаша көз-қараслар», инновациялық изертлеўлер» атамасында Республикалық илимий-теориялық конференция шөлкемлестирилди. Илажға профессор-оқытыўшылар, көркем өнертаныў бойынша излениўшилер ҳәм студент-жаслар қатнасты.

Конференцияны филиал директоры А.Аяпов ашып берди ҳәм басқарып барды.

Әнжуманда Өзбекстан халық артисти, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты, професор Н.Аңсатбаев «Театр ҳаққында түсиник» атамасында, Нөкис қаласы Есжан бақсы атындағы 1-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеби директоры, доцент А.Ережепов «Өзбекстанда бақсышылық көркем өнериниң қәлиплесип раўажланыўы» атамасында ҳәм Қарақалпақ мәмлекетлик университети «Музыка көркем өнер» кафедрасы баслығы, «Ниҳол» мәмлекетлик сыйлығының лауреаты С.Аяпов «Нурабылла жыраў мектеби гениологиясы ҳаққында гейпара ойлар» темасында баянатлар жасады.

Илажда мәденият ҳәм көркем өнер тараўының бүгинги мәселелери, машқалалары ҳәм олардың шешими туўралы баҳалы пикирлер ҳәм усыныслар билдирилилди.

Конференция секцияларға бөлинген ҳалда даўам етпекте.

Замира Елмуратова,

ҚМУ студенти.

Филиал баспасөз хызмети.

 219 

Paydalı derekler