КОРРУПЦИЯҒА ҚАРСЫ ГҮРЕСИЎ НӘТИЙЖЕЛИЛИГИН АСЫРЫЎ АТАМАСЫНДА УШЫРАСЫЎ ӨТКЕРИЛДИ

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 18.05.2023

БүгинӨзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында мәденият ҳәм туризм тараўларында коррупцияға қарсы гүресиў нәтийжелилигин асырыў атамасында ушырасыў болып өтти.

Илажды филиал директоры А.Аяпов басқарып барды. Онда  Өзбекстан Республикасы Мәденият ҳәм туризм министрлигиниң Комплеанс қадағалаў ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў бөлими баслығы К.Рахимов, усы бөлимниң бас қәнигеси Т.Равшанов, Карақалпақстан Республикасы Прокурорының аға жәрдемшиси Д.Елмуратовлар шығып сөйлеп, коррупция менен байланыслы болған жағдайларды болдырмаў ҳәм оның унамсыз ақыбетлери ҳаққында мағлыўматлар берип өтти.  

Ушырасыўда коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм оның алдын алыў тек ғана ҳуқық қорғаў уйымларының емес, бәршемиздиң теңдей ўазыйпамыз екенлиги түсиндирилди.

А.Алламуратова, З.Елмуратова, С.Орынбаева, ҚМУ студентлери.

Филиал баспасөз хызмети.

 239 

Paydalı derekler