Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында айрықша жағдайлардың алдын алыўда тараў қәнигелериниң қатнасыўында көргизбели илаж болып өтти.
Көргизбели илажда Нөкис қаласы Айрықша жағдайлар бөлими қәнигелери Ж.Тураев шығып сөйлеп, үлкемизге жаз мәўсиминиң кирип келиўи менен көпшилик пуқараларымыздың көл ҳәм дәрья бойларына барып шомылыўға мүтәжлик сезилетуғынлығы, бунда шомылыў қадаған етилген жерлер ҳәм ағын суўларда шомылмаў кереклиги бойынша түсиник берип өтти.
Илажда кеўилсиз жағдай жүз бергенде қутқарыў отряд хызметкерлериниң алып баратуғын жумыслары жыйналғанлар нәзерине усынылды.
Замира Елмуратова,
ҚМУ студенти.
Филиал баспасөз хызмети.
343