21-октябрь Өзбек тили байрамы күни
Быйыл өзбек тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилгенине 34 жыл толды. Хәр бир халықтың миллет болып кәлиплесиуинде тил тийкарғы дерек болып хызмет етеди.
Хәр бир миллет миллет болып қәлиплесемен дегенще узақ даўам еткен тарийхый процести басынан кеширгени мәлим. Демек, тил де узақ даўирлердин нәтийжесинде пайда болған хәм қәлиплескен.
Дүнья жузинде бес мыңнан аслам тил болатуғын бояса, ҳазирге техника ҳәм технологиялар раўажланған заманда олардың кем-кемнен жоқ болып, өли тиллер қатарынан орын алыўы халатлары ушырасады. Илимий мағлыуматларға қарағанда дунья жүзинде еки хәптеде бир тил жоқ болып кетеди екен. Бул жағдай ашынарлы ҳал екени хәммемизге белгили.
Усындай дәўирде Бирлескен миллетлер шөлкеминиң 75 сессиясында Президентимиз Ш.М.Мирзиёевтиң өзбек тилинде баянат жасаўы тек өзбек тили ушын емес, ал пүткил туркий тиллер дүньясында тарийхый ўақыя болды. Жер жүзи халықлары түркий, яғный өзбек тилиниң рең-бәрең зибәни, сеслери, сөзлери айтылыўы, интонациясын дыққат пенен тыңлады. Түркий тиллер ишинде ең биринши мәрте дүнья жузлик көлемде жоқары дәрежели сессияда өзбек тили жанғырды. Бул тил – дүньяны таң қалдырған миллий мәдениятымыздың теңсиз шайыры Ә. Науайының, Бабурдың тили.
«Турки тилде қолға алып кәлемди,
Қалем менен бойсындырдым әлемди — »
деп араб парсы тиллери үстинлик етип «Мәмлекетлик тил» хызметин атқарып турған дәўир болсада, өзиниң шығармаларының көпшилик бөлегин Наво тахаллусы яғный әдебий лақабы менен жазған ҳәм сол уақыттың өзинде-ақ түркий тилдиң абырайын арттырған.
Мине сол дәстурлер ғарезсизлик шарапаты менен избе-из даўам етти. Тилимизге «Мәмлекетлик тил» бийлигиниң берилиўи, миллий қәдирятларымыздың қайта тиклениўи, тарийхи мирас, әдебиятымызды, өзлигимизди жаңаша көз-қараста таныўымыз булардың барлығы әсирлерден ата-бабаларымыздан киятырған миллий қәдирият болып есапланады. Президентимиздиң жәхән көлеминдеги сессияда өзбек тилинде баянат жасаўы-дүньяда түркий тиллери соның ишинде өзбек тилиниң бар екенине жер жүзи халықларына танытты. Әлбетте, бул тарийхый ўақыя болды. Себеби өзбек тили бизге «Мәмлекетлик тил» хәм туўысқан тил есапланады.
Өзбекстан кахарманы И.Юсупов былай деп жазады:
Өзбекти өз ағам еткен
Уллы бахыт инам еткен
Бир қазанда ас демлеткен
Баўыр басқан туўысқанлық
Қазақларға тай сойдырған
Дәстури бир туўысқанлық
Қырғызларға қой сойдырған
Үй тиктирип бас қойдырған
Түркменге намалас еткен
Ғардоши көп туўысқанлық
Жуўмақластырып айтқанда, өзбек тилиниң бай лексикалық хоры менен әдебий хәм мәдений мийраслары хәр бир оқыўшыны өзине тартары сөзсиз. Соның ушын өзбек әдебий дүрданаларын үйрениў сол арқалы қарақалпақ халқының дүрданаларын үйрениў өзимизге руўхый күш елимиздиң кәмил инсанлары болып жетилисиўмиз ушын бизге азық болады.
Амангүл Прекеева,
Социал-гуманитар пәнлер кафедрасы ў.ў.а. доценти.
![]()