Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы студент-жаслары Мәденият ҳәм китапхана искерлиги кафедрасы баслығы Г.Сапарбаеваның басшылығында Хожели районындағы 1-санлы Меҳрибанлық үйинде мийманда болып, өзлери таярлап келген концерт бағдарламасын усынды. Бунда студент-жаслар эстрада ҳәм халық дөретиўшилиги жөнелисинде әжайып қосықлары ҳәм саҳналық көринислери менен балаларға бир әлем қуўаныш инам етти.