Sport tadbirlari

ВОЛЕЙБОЛ БОЙЫНША ДИРЕКТОР КУБОГЫ ӨТКЕРИЛДИ

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 24-январьдағы «Өзбекстан Республикасында дене тәрбия ҳәм спортты еледе жетилистириў ҳәм ғалабаластырыў ис-илажлары ҳаққында»ғы Пәрманында белгилеп берилгениндей, спорт пенен шуғылланыў, оның саламат турмыс тәризин қәлиплестириўдеги әҳмийетин кеңнен үгит-нәсиятлаў бойынша усындай спорт жарысларын тураклы түрде өткериў жолға қойылмақта.

2021-жылды 19-20-январь күнлери Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында профессор-оқытыўшылар арасында спорттың волейбол түри бойынша «Директор кубогы» болып өтти.

Жарыста филиал профессор-оқытыўшылары, филиал админстрациясы ҳәм хызметкерлери тәрепинен дузилген командалар өз-ара беллсети.

Қызғын бәсекиге бай болған спорт жарысында филиал профессор-оқытыўшылары тәрепинен дүзилген ҳаял-қызлар командасы жеңимпаз деп табылды.


ФИЛИАЛ БИРИНШИЛИГИИ ӨТКЕРИЛДИ

2021-жыл 23-январь күни Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институтында спорттың волейбол түри бойынша қызлар арасында филиал бириншилиги болып өтти. Оған филиал қәнигелик топарларында билим алып атырған студент-қызлардан дүзилген командалар қатнасты.

Қызғын түрде болып өткен жарыста командалар оқыў менен бир қатарда спорт пенен де турақлы шуғылланып баратуғынлығын көрсете алды.


МИНИ ФУТБОЛ БОЙЫНША ДИРЕКТОР КУБОГИ БОЛЫП ӨТТИ

2021-жыл 28-январь күни Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында студент-жаслар арасында спорттың мини футбол түринен «Директор кубоги» ушын жарыс болып өтти.

Жарысқа филиал тәлим бағдарларынан дүзилген командалар қатнасты.

Жаслар арасында спортты ғалабаластырыў ҳәм саламат турмыс тәризин кеңнен ен жайдырыў, олардың спортқа болған қызығыўшылығын арттырыў мақсетинде усындай жарыслар шөлкемлестирилмекте.

Қызғын ҳәм кескин беллесиўлерге бай болған жарыста «Мәденият ҳәм көркем өнер мәкемелерин шөлкемлестириў ҳәм басқарыў» тәлим бағдары биринши, «Техноген көркем өнери (Кино, телевидение ҳәм радио сес режиссёрлығы)» тәлим бағдары екинши ҳәм «Профессионал таълим (Халық дөретиўшилиги Вокал атқарыўшылығы) тәлим бағдарларынан дүзилген команда үшинши орынды жеңип алды.

Жарыс соңында жеңимпазларға «Директор кубоги» ҳәм филиал кәсиплик аўқамы тәрепинен таярланған медал ҳәм естелик саўғалар тапсырылды. Илажға Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министри Қ.Турдиев қатнасты.


АЗИМБЕК «УНИВЕРСИАДА – 2020» ОЙЫНЛАРЫНДА МҮНӘСИП ҚАТНАСТЫ

Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы студенти «Кино-телеоператорлық» тәлим бағдары  2-курс студенти Азимбек Сапарбаев спорттың белбеўли гүрес түри бойынша қарсыласлары үстинен жеңимпаз болып, «Универсиада – 2020» Өзбекстан басқышына жолламаны қолға киргизди.

А.Сапарбаев усы жыл 22-24-январь күнлери аралығында Әндижан мәмлекетлик медициналық институтында спорттың белбеўли гүрес түри бойынша «Универсиада» спорт жарысларының финал басқышында 60 кг салмақ категориясы бойынша Қарақалпақстан Республикасы сайланды командасы қурамында мүнәсип қатнасты. А.Сапарбаевтың «Универсиада – 2020» ойынларында мүнәсип қатнасқаны ушын филиал кәсиплик аўқамы тәрепинен таярланған естелик саўғалар тапсырылды.

 1,246 

Paydalı derekler