ӨЗБЕКСТАН МӘДЕНИЯТ, СПОРТ ҲӘМ ТУРИЗМ ХЫЗМЕТКЕРЛЕРИ КӘСИПЛИК АЎҚАМЫ ХЫЗМЕТКЕРЛЕРИ ФИЛИАЛ ЖӘМӘӘТИ МЕНЕН УШЫРАСТЫ

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 20.02.2024

Бүгин Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында Өзбекстан мәденият, спорт ҳәм туризм хызметкерлери кәсиплик аўқамы хызметкерлериниң қатнасыўында ушырасыў болып өтти.

Илажды филиал директоры А.Аяпов кирис сөз бенен ашты ҳәм басқарып барды. Онда Өзбекстан мәденият, спорт ҳәм туризм хызметкерлери кәсиплик аўқамы Республикалық Кеңеси баслығы А.Мусаев, Өзбекстан мәмлекетлик Сатира театры директоры Ф.Жалолов, Республикалық Кеңестиң социаллық қорғаў мәселелери бойынша бас қәнигеси У.Халиков,  Кеңес баслығының Жаслар мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси Жахангир Нодиров ҳәм  Өзбекстан мәденият, спорт ҳәм туризм хызметкерлери кәсиплик аўқамы Қарақалпақстан Республика Кеңеси бирлескен комитети жуўаплы шөлкемлестириўшиси Ж.Аяповлар шығып сөйлеп,  хызметкерлердың мийнет қәўипсизлигин тәминлеў, қәўипсиз мийнет орталығын жаратыў ҳәм социаллық бирге ислесиў бағдарында Өзбекстан мәденият, спорт ҳәм туризм хызметкерлери кәсиплик аўқамы Республикалық Кеңес тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында мағлыўмат берип өтти. Сондай-ақ, елимизде әмелге асырылып атырған реформалар, сондай-ақ, мәденият тараўына қаратылып атырған итибар, тараўды еледе раўажландырыўда қабыл етилген пәрман ҳәм қарарлардың мазмун-әҳмийетине айрықша тоқтап өтти.

Буннан соң, филиал директоры А.Аяпов ҳәм филиал кәсиплик аўқамы шөлкеми баслығы Б.Бегжановлар шығып сөйлеп, филиал турмысы, хызметкерлер ушын жаратылған шараятлар, жетискенликлер ҳаққында мағлыўмат берди.

Илажда атап өтилгениндей, халқымыздың бийтәкирар көркем өнер ҳәм  мәдениятын раўажландырыў, театр, кино, телевидение, сондай-ақ, бақсышылық бағдарлары бойынша жоқары маманлықтағы қәнигелерди таярлаў мақсетинде 2008-жыл Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары менен Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институтының Нөкис филиалы шөлкемлестирилди. Ҳәзирги ўақытта хызметкерлердиң улыўма саны 290 болып, соннан ер адамлар 163, ҳаял-қызлар 127, соннан 45 хызметкер 30 жасқа шекемги болған жасларды қурайды. Филиалда 9 тәлим бағдар бойынша жәми 1763 студент билим алмақта. Соннан 886 күндизги тәлим жөнелисте, 868 сыртқы тәлим жөнелисте, 9 ы магистратурада билим алмақта. Бүгинги күнде филиалда 3 факультет ҳәм 10 кафедра жумыс алып барады. Профессор-оқытыўшылар арасында 12 профессор, 12 илим кандидаты, 19 доцент,  Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық артистлери, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикасы көркем өнер ғайраткери, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен артистлер, Қарақалпақстан халық бақсылары студентлерге билим берип келмекте.

Ҳәзирги ўақытта филиал профессор-оқытыўшыларының илимий дәрежелилилк 41 процентти қурайды. Соны айрықша атап өтиўимз тийис, Өзбекстан  Республикасы жоқары оқыў орынлары арасында  өткерилген  рейтинг  көрсеткишинде  Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы жоқары оқыў орынлары филиаллары арасында үшинши орынды алыўға миясар болды.

Филиалда билим алып атырған бир қатар студентлеримиз республика ҳәм халықаралық таңлаўларда мүнәсип қатнасып, жеңимпазлықты қолға киргизип келмекте. Олар арасында “Президент”, “Ислам Каримов”, “И.Юсупов”,  “Т.Қайыпбергенов” атындағы мәмлекетлик стипендия жеңимпазлары, соның менен бирге басқа да таңлаў жеңимпазларының бар екенлиги жәмәәтимиз жетискенлиги есапланады. Және бир мақтаныш филиалда 2023-2024-оқыў жылынан баслап “Марияш Исмайлова” атындағы стипендия енгизилди. Еки студент қызымыз «Марияш Исмайлова» атындағы стипендия жеңимпазы болды.

Студент-жасларының көркем-өнерге болған қызығыўшылығын арттырыўда 2018-жылы «Тумар» аяқ-ойын ансамбли шөлкемлестирилип, қысқа дәўир ишинде «Тумар» аяқ-ойын ансамбли республикамызға кеңнен танылды ҳәм бүгинги күнде Ғәрезсизлик ҳәм Наўрыз байрамларында өз концерт бағдарламалары менен қатнасып киятырганлығы ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 28-декабрдеги  «2021-2023 жылларда Өзбекстан Республикасының социаллық ҳәм ислеп шығарыў инфраструктурасын раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы 4936-санлы қарарына тийкар Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер хәм мәденият институты Нөкис филиалында 300 орынлы жатақхана имараты жаңадан қурылып атырғанлығы атап өтилди.

Илаж соңында бир қатар хызметкерлер Өзбекстан мәденият, спорт ҳәм туризм хызметкерлери кәсиплик аўқамы республика Кеңеси тәрепинен таярланған Ҳүрмет жарлығы ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

 Филиал баспасөз хызмети.

Loading

Paydalı derekler

Загрузка...