Ameldegi joybarlar

«РУС КЛАССИКЛЕРИ ҚАРАҚАЛПАҚ ТИЛИНДЕ СӨЙЛЕЙДИ» ХАЛЫҚАРАЛЫҚ ЖОЙБАРЫ

 «Рус классиклери қарақалпақ тилинде сөйлейди» жойбары Россия Федерациясының «Русский Мир» фондының гранты тийкарында әмелге асырылып атырған болып, жойбардың тийкарғы мақсети-Қарақалпақстан Республикасында рус тили ҳәм әдебияты, мәденияты ҳәм көркем өнерине болған қызығыўшылықты арттырыў, оны үгит-нәсиятлаўдан ибарат.

Усы тийкарда 12 ай даўамында Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалының «Театр көркем өнери» факультети «Режиссура» кафедрасының тәжирийбели профессор-оқытыўшылары ҳәм талантлы студент жаслары атақлы рус драматург-жазыўшылары Антон Павлович Чеховтың «Судтан алдынғы түн» (Ночь перед судом), «Айыў» (Медведь), «Усыныс» (Предложение) шығармаларын ҳәм Николай Василевич Гогольдың «Ревизор» (Ревизор) шығармасын сахналастырып, республикамыз бойлап гастрол сапарларына шығыўы режелестирилген.

2024-жылдың ноябрь айында усы жойбар шеңберинде Антон Павлович Чеховтың «Судтан алдынғы күн» шығармасы сахналастырылып, Нөкис қаласы, Төрткүл, Кегейли ҳәм Хожели районлары жаслары нәзерине усынылды.

2024-жылдың декабрь айында жойбар шеңберинде Антон Павлович Чеховтың «Айыў» шығармасы сахналастырылып, Нөкис қаласы, Беруний ҳәм Шоманай районлары жаслары нәзерине усынылды.

Жойбардың улыўма қаржы муғдары 1 миллион 14 мың 900 Россия рублине тең болып, жойбардың координаторы «Режиссура» кафедрасы баслығы, доцент Лизахан Уразмбетова Тасполатовна.

Loading

Paydalı derekler

Загрузка...