5-май — Өзбекстан Қаҳарманы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры, поэзия жулдызы Ибрайым Юсуповтың туўылған күни. Сәне мүнәсибети менен Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында «Шайыр қосығының нама ырғақлары менен байланыслы» атамасында әдебий-мәдений кеше шөлкемлестирилди.
Ушырасыўда Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрының бас дирижери, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикалары көркем өнер ғайраткери, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты, композитор Қурбанбай Заретдинов шығып сөйлеп, шайыр қосықларына арнап жазылған намалардың дөрелиўи ҳаққында мағлыўмат берип өтти.



Илаж даўамында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрының Симфониялық оркестрлери менен биргеликте шайырдың жазған қосықлары атқарылып, жыйналғанларда айрықша тәсирлер қалдырды.



Филиал баспасөз хызмети.
![]()