Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы төмендеги лаўазымлар бойынша таңлаў жәриялайды

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Daǵazalar
Sáne: 31.01.2024

Ассистент оқытыўшы лаўазымына Халық дөретиўшилиги» кафедрасына бир ставка.

Ассистент оқытыўшы лаўазымы «Мәденият искерлиги» кафедрасына  бир ставка.

Ассистент оқытыўшы лаўазымы «Техноген көркем өнери» кафедрасына бир ставка.

Ассистент оқытыўшы лаўазымы «Вокаль» кафедрасына бир ставка.

Ассистент оқытыўшы лаўазымы «Көркем өнертаныў (драматургия)» кафедрасына бир ставка.

Ассистент оқытыўшы лаўазымы «Режиссура көркем өнери» кафедрасына бир ставка.

Ассистент оқытыўшы лаўазымы «Социал-гуманитар пәнлер» кафедрасына (Өзбек тили ҳәм әдебияты бағдары) бир ставка.

Ассистент оқытыўшы лаўазымы «Фольклор ҳәм этнография» кафедрасына бир ставка.

Ассистент оқытыўшы лаўазымы ушын таңлаўға тийисли қәнигелик бойынша жоқары мағлыўматқа ийе болған пуқаралар (магистр, дипломлы қәнийге) қатнасыўы мүмкин.

Таңлаўда қатнасыўды қәлеўшилер тәрепинен директордың атына арза, кадрларды есапқа алыў бойынша жеке ис қағазы, дипломлардың түп нусқасы ҳәм көширмеси, илимий жумыслар дизими ҳәм де қәнигелигин жетилистирилгенлиги ҳақкындағы гүўалығының көширмеси тапсырылады.

Арзалар дағаза жәрияланған күннен баслап бир ай мүддет даўамында қабыл етиледи. Таңлаў шәртлери бойынша қосымша мағлыўматлар ҳаққында Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы Кеңесине мүрәжат етсеңиз болады.

Дағаза қосымша филиалдың https://uzdsmi-nf.uz рәсмий веб-сайтында да жәрияланады.

Мәнзилимиз: Нөкис қаласы, Қарақалпакстан көшеси номерсиз жай, бағдар бурынғы Нөкис экономика колледжи.

Мағлыўмат ушын телефон: (61) 224-29-02.

Loading

Paydalı derekler