Елимизде коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм оның алдын алыўға айрықша итибар қаратылып, бул иллтке қарсы гүресиў бойынша бир қатар хуқықый ҳүжжетлер қабыл етилди. Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында коррупцияның алдын алыў бойынша ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлериниң қатнасыўында илаж болып өтти.
Илажды филиал директоры А.Аяпов басқарып барды. Онда Қарақалпақстан Республикасы Прокуратурасы бөлим прокурорлары А.Зарипов ҳәм Т.Хожамбергеновлар шығып сөйлеп, мәмлекетимизде коррупцияның алдын алыў бағдарында алып барылып атырған жумыслар, жәмийетимизге жат болған бул иллеттен аўлақ болыў кереклиги бойынша түсиник берип өтти.

Илажда атап өтилгениндей, ҳәзирги ўақытта мәмлекетимизде коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм оның алдын алыўға айрықша итибар қаратылып, бир қатар ҳуқықый ҳүжжетлер қабыл етилди. Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёев тәрепинен 2017-жыл 3-январьда «Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында»ғы 419-санлы Өзбекстан Республикасы Нызамы, 2019-жыл 27-майда ПФ-5729-санлы «Өзбекстан Республикасында Коррупцияға қарсы гүресиў системасын жәнеде жетилистириў ис-илажлары ҳаққында»ғы пәрманы, 2021-жыл 6-июльда ПҚ-5177-санлы «Коррупцияға қарсы гүресиў жумысын нәтийжели шөлкемлестириў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы қарарлары қабыл етилип, олар тийкарында бир неше үлкен көлемдеги ис-илажлар әмелге асырылмақта. Бул бағдарда илажлардың бири сыпатында Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў системасында «Коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм Комлайенс-қадағалаў» бөлими шөлкемлестирилип, бул бөлим ҳәзирги ўақытта ҳәр бир жоқары оқыў орнында Коррупцияға қарсы гүресиў мақсетинде жумыс алып барып атырғанлығы атап өтилди.
Ҳәзирги ўақытта Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында да Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң 2021-жыл 28-июнь күнги «Жоқары билимлендириў системасында «Коррупциясыз тараў» жойбарын әмелге асырыўды шөлкемлестириў ҳаққында»ғы 281-буйрығына тийкарланып Коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм Комплайенс-қадағалаў бөлими шөлкемлестирип, филиалда коррупцияға қарсы гүресиў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылып келинбекте.
Илаж соңында қатнасыўшылар өзлериниң қызықтырған сораўлары бойынша қәнигелерге мүрәжат етип жуўап алды.


Г.Жартыбаева, С.Шамуратова, Д.Қалбаева,
ҚМУ студентлери.
Филиал баспасөз хызмети.
![]()