МИНИСТР ОРЫНБАСАРЫ ҚУРЫЛЫС ЖУМЫСЛАРЫ МЕНЕН ТАНЫСТЫ

Avtor: Gulsara Jartibaeva
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 23.07.2022

Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министриниң орынбасары С.Бузурханов Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында мийманда болып, жаңадан курылып атырған 300 орынлы жатакхананың қурылыс жумыслары менен танысты.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 28-декабрдеги  «2021-2023 жылларда Өзбекстан Республикасының социаллық ҳәм ислеп шығарыў инфраструктурасын раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарына тийкар Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер хәм мәденият институты Нөкис филиалында 300 орынлы жатақхана имараты жаңадан қурылмақта. Тоғыз қабаттан ибарат болған жатақхананың қурылыс жумыслары «TREST 4» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң қолы гүл қурлысшылары тәрепинен қызғын алып барылмақта.

Мағлыўмат ушын айтып өтиўимиз тийис, жатақхана имаратын жаңа оқыў жылында пайдаланыўға тапсылыўы режелестирилген.

Филиал баспасөз хызмети.

Loading

Paydalı derekler

Загрузка...