ЖАҢА ОҚЫЎ ЖЫЛЫ ҒӘРЕЗСИЗЛИК САБАҚЛАРЫ МЕНЕН БАСЛАНДЫ

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 05.09.2022

Елимиздиң барлық аймақларында жаңа оқыў жылы ғәрезсизлик сабақлары менен басланбақта. Усындай илажлардың бири Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында болып өтти. Оған жәмийетлик шөлкем ўәкиллери, профессор-оқытыўшылар ҳәм студент-жаслар қатнасты.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министри Қ.Турдиев, филиал директоры, филолигия илимлериниң кандидаты А.Аяповлар шығып сөйлеп, жыйналғанларды Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 31 жыллық байрамы, жаңа оқыў жылының басланыўы, сондай-ақ, студент болыў бахтына миясар болған жасларды қызғын қутлықлады.

Илажда атап өтилгениндей, соңғы жыллары елимизде әмелге асырылып атырған реформалар, соның ишинде республикамызда жүргизилип атырған дөретиўшилик жумыслар, илим-билимлендириў, көркем өнер ҳәм мәденият тараўының раўажланыўына қаратылған итибар ҳәм бул бағдарда әмелге асырылып атырған жумысларды айрықша атап өтти.

Сондай-ақ, кешк ғана Президентмиз тәрепинен қабыл етилген «Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлик, инновациялық технологиялар ҳәм инфраструктураны жедел пәтлерде раўажландырыў арқалы халықтың абаданлығын арттырыўдың қосымша илажлары ҳаққында»ғы пәрманы менен қарақалпақстанлы жаслар ушын қосымша квоталардың енгизилиўи Президентмиздиң жасларға болған айрықша итибар ҳәм ғамқорлықтың айқын көриниси екенлиги атап өтилди.

Илаж ғәрезсизлик сабағы менен даўам етти.

Филиал баспасөз хызмети.

Loading

Paydalı derekler

Загрузка...