СТУДЕНТ-ЖАСЛАР ҲӘМ ОЛАРДЫҢ АТА-АНАЛАРЫ МЕНЕН УШЫРАСЫЎ ӨТКЕРИЛДИ

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 05.09.2022

Елимиздиң барлық аймақларында жаңа оқыў жылының басланыўы мүнәсибети менен илажлар өткерилмекте. Усындай илажлардың бири Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында болып өтти. Оған жәмийетлик шөлкем ўәкиллери, профессор-оқытыўшылар ҳәм студент-жаслар қатнасты.

Дәслеп Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери жаңлады.

Буннан соң, филиал директоры, филолигия илимлериниң кандидаты  А.Аяпов, Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлиги бөлим баслығы П.Аўезмуратов, профессор-оқытыўшылардан Ж.Хожанов, М.Исмайлова, сондай-ақ, филиал директор мәсләҳәтшиси Қ.Якубовлар шығып сөйлеп, жыйналғанларды Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 31 жыллық байрамы, жаңа оқыў жылының басланыўы, сондай-ақ, студент болыў бахтына миясар болған жасларды қызғын қутлықлады.

Илажда атап өтилгениндей, соңғы жыллары елимизде әмелге асырылып атырған реформалар, соның ишинде билимлендириў тараўында жүргизилип атырған атырған жумыслар, сондай-ақ, жаслар ушын  жаратылған имканиятларды айрықша атап өтти. Бүгинги күнде  филиалда 9 тәлим бағдары бойынша мыңнан аслам жаслар билим алмакта. Соны айрықша атап өтиўимиз тийис, быйылғы оқыў жылынан баслап филиалда магистратура қәнигеликлери, бакалавриат тәлим бағдары бойынша тазадан үш қәнигелик ашылды. Әлбетте, елимизде билимлендириў тараўына қаратылып атырған жумыслар жаслардың келешекте озық ойлы, маман кадрлар болып жетилисиўинде өзиниң унамлы нәтийжесин көрсетери анық.

Илаж ғәрезсизлик сабағы менен даўам етти.

 Филиал баспасөз хызмети.

Loading

Paydalı derekler

Загрузка...