ПӘРМАННЫҢ МАЗМУН-ӘҲМИЙЕТИ ҲӘМ ЖАСЛАР ТӘЛИМ ТӘРБИЯСЫНА БАҒЫШЛАНДЫ

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 07.09.2022

Бәршеңизге мәлим, усы жыл 31-август күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлик, инновациялық технологиялар ҳәм инфраструктураны жедел пәтлерде раўажландырыў арқалы халықтың абаданлығын арттырыўдың қосымша илажлары ҳаққында»ғы пәрманы қабыл етилген еди.

Қарарда Қарақалпақстан Республикасының социаллық, экономикалық, соның ишинде, өндирис ҳәм инвестициялық потенциалынан нәтийжели пайдаланыў, исбилерменлик жумысын раўажландырыў ҳәм жоқары қосымша қунға ийе бәсекилес өнимлер ислеп шығарыўды хошаметлеў, исбилерменлерге көрсетилетуғын финанслық хызметлер көлемин кеңейтиў, инфраструктуралық шараятларды жаратып бериў арқалы халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм аймақтың экономикалық және социаллық раўажланыўын жаңа басқышқа алып шығыўға айрықша итибар қаратылған.

Бүгин, 7-сентябрь күни Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында усы пәрманның мазмун-әҳмийети ҳәм онда белгенген ўазыйпалар, сондай-ақ, жаслар тәлим тәрбиясы мәселелерине бағышланған илаж болып өтти.

Оған администрация хызметкерлери, профессор-оқытыўшылар, декан ҳәм декан орынбасарлары менен тьютор қәнигелери, сондай-ақ, хожалық бөлими хызметкерлери қатнасты.

Илажда филиал директоры, филология илимлериниң кандидаты А.Аяпов шығып сөйлеп усы пәрманның мазмун-әҳмийети, сондай-ақ,  пәрман менен республикамызда исбилерменлик, аўыл хожалығы тараўы, санаат өндириси ҳәм инфраструктураны раўажландырыў, халықты социаллық жақтан қорғаў, билимлендириўди раўажландырыў ҳәм жасларды қоллап-қуўатлаў бойынша кең көлемли жумыслардың әмелге асырылыўы нәзерде тутылғанын атап өтти. Сондай-ақ, ҳүжжетте республикамыз экономика тармақларында инновациялық процесслердиң жеделлесиўине ерисиў, ресурслардан пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыў ҳәм аймақты жедел пәтлерде раўажландырыўда тийкарғы бағдарлары сыпатында төмендегилер белгиленген. Атап айтқанда, аймақтың инвестициялық ҳәм исбилерменлик орталығын жақсылаў, жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў, жер ҳәм суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў арқалы аўыл хожалығы  өнимлерин жетистириўди көбейтиў ҳәм қолайлы агробизнес орталығын жаратыў, билимлендириў тараўында қосымша имканиятлар ҳәм инсан капиталының раўажланыўын жаңа басқышқа көтериўге шараят жаратыў баслы бағдар етип белгиленгени айрықша атап өтилди.

Сондай-ақ, илажда филиал директоры А.Аяпов, жаслар тәлим-тарбиясына айрықша итибар қаратыўда олардың әдеп-икрамлы болыўы, кийиниў ҳәм сөйлеў мәденияты, болар-болмас пикирлерге шалғымаў, социал тармақлардан ақылға уғрас пайдаланыў кереклиги бойынша турақлы үгит-нәсият жумысларын алып барыў зәрүрлигин атап өтти.

Буннан соң, директор мәсләҳәтшиси Қ.Якубов шығып сөйлеп, елимизде әмелге асырылып атырған реформаларды жаслар арасында үгит-нәсиятлаў, филиал хызметкерлери ҳәм студент-жаслардың социал тармақлардан пайдаланыўда итибарлы болыўлары, ҳәр түрли жалған хабарлар, пикирлерге шалғымаў кереклиги бойынша өзиниң пикир усынысларын билдирди.

Илаж даўамында жоқарыдағы пикирлер ҳәм алда турған ўазыйпалар бойынша директор орынбасарлары Ж.Шаниязов, Н.Хамидов, А.Өтепбергенов, сондай-ақ, Ҳаял-қызлар мәселелри бойынша директор мәсләҳәтшиси О.Кдырниязовалар да өзлериниң пикир-усынысларын билдирди.

Илаж соңында алдағы ўазыйпалар белгиленип алынды.

Филиал баспасөз хызмети.

Loading

Paydalı derekler

Загрузка...