Хабарыңыз бар, жоқары оқыў орынлары системасында жаслар арасында жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыўда жаңадан профилактика инспекторы лаўазымы енгизилмекте. Профиликтика инспекторларының тийкарғы ўазыйпалары студент-жаслар арасында жынаятшылық ҳәм хуқықбузарлықлардың алдын алыўда профилактикалық үгит-нәсият жумысларын алып барыў есапланады.
Бүгин Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы директор мәсләҳәтшиси Қ.Якубов, филиал профилактика инспекторы Н.Еримбетов ҳәм тьютор қәнигеси Қ.Сәрсенбаевлар студент-жаслар менен ушырасып, студент-жасларға филиал ишки тәртип қағыйдаларына әмел етиў, сабаққа өз ўақтын келиў, көшеде жүргенде ҳәм жәмийетлик транспорттан пайдаланғанда жәмийетлик тәртипти сақлаў, сондай-ақ, ҳуқықбузарлық ҳәм жынаятшылықтың алдын алыў бойынша түсиндириў жумысларын алып барды.




Филиал баспасөз хызмети.
![]()