СТУДЕНТ-ЖАСЛАР АРАСЫНДА ҚУЎНАҚЛАР ҲӘМ ЗИЙРЕКЛЕР ТАҢЛАЎЫ БОЛЫП ӨТТИ

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 28.09.2022

Усы жылдың 27-сентябрь күни Ѳзбекстан мәмлекетлик кѳркем ѳнер ҳәм мәденият институты Нѳкис филиалында «Қуўнақлар ҳәм зийреклер»  таңлаўы болып өтти. Оған филиал студент-жаслар қурамынан дүзилген 6 команда қатнасты.

Жаслардың тапқырлығы, қуўнақлығы, саҳналық шеберлигин сыннан өткериў ушын шөлкемлестирилген таңлаўда 1-2-курс студентлеринен дүзилген «Эксперемент» командасы 1-орын, Актёрлық көркем өнери (Музикалы театр актёрлығы) қәнигелигиниң “Шөгирме” командасы 2-орын, 2-курс студент-жаслар қурамынан дүзилген «Күйдирги кызлар» ҳәм  «Восьмидесятые» командалары 3-орынды ийеледи.

Жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен кубок ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

ӨзМКӨМИ Нөкис филиалы баспасөз хызмети

Loading

Paydalı derekler