«1-октябрь – Муғаллимлер ҳәм устазлар күни» Сәне мүнәсибети менен пайтахтымыздағы пайызлы орынлардың биринде Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы жәмәәти ушын байрам дастурханы жайылды.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министри Қ.Турдиев, филиал директоры А.Аяповлар шығып сөйлеп, жыйналғанларды 1-октябрь – Муғаллимлер ҳәм устазлар күни менен қызғын қутлықлап, жасларға илим-билим сырларын үйретиўдеги машақатлы, жуўапкерли ислеринде табыслар тиледи. Буннан соң, кәсиплик аўқам шөлкеми тәрепинен таярланған байрам саўғалары тапсырылды.

Кешеде «Режиссура ҳәм актёр шеберлиги» кафедрасы окытыўшысы М.Юсупбаев устазларға арнап жазған байрам қосығын оқып берди.








Илаж көркем өнер шеберлериниң аткарыўындағы концерт бағдарламасы ҳәм викторина ойынлары менен даўам етти.



![]()