Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы «Халық дөретиўшилиги» кафедрасы оқытыўшысы, «Ниҳол» сыйлығы лауреаты, «Шухрат» медалы ийеси, «Мәденият ҳәм көркем өнер пидайысы» көкирек белгиси ийеси Л.Маҳаммаддинова Кегейли районы 12- санлы улыўма орта билим бериў мектебинде болып, окыўшылар менен ушырасты.

Ушырасыўда жасларға қарақалпақ халқының әсирлер даўамында жетилистирип келген миллий қәдириятлары ҳәм бийбаҳа фрольклор-этногрфиялық дөретпелери, соның менен бирге, бақсышылық көркем өнерин қәстерлеп сақлаў, келешек әўладқа сап ҳалатында жеткериў кереклиги бойынша түсиник берди.

Буннан соң Л.Маҳаммаддинова өзиниң дөретиўшилиги ҳәм қолға киргизген табыслары ҳаққында сәўбетлесип, бақсышылық көркем өнери бойынша шеберлик сабағын өтти.

Өз гезегинде метктеп жәмәәти ҳәм оқыўшы жаслар шеберлик сабағын өткени ушын өзлериниң миннетдаршылықларын билдирди.
Филиал баспасөз хызмети.
![]()