11-октябрь «Халықаралық қызлар күни»
Сәне мүнәсибети менен Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрында Қарақалпакстан Республикасы Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети тәрепинен қызлар форумы өтти.

Форумда мәмлекетимизде кызларға болған итибар, оларды қоллап-қуўатлаў бағдарында алып барылып атырған жумыслар айрықша атап өтилди. Ҳақыйқатында да соңғы жыллары елимизде ҳаял-қызларымыздың нызамлы мәплерин тәмийинлеў, олар ушын мүнәсип шараятлар жаратыў бағдарында көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Бул бағдарда 2018-жыл 2-февраль сәнесинде Президентимиздиң «Ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў ҳәм шаңарақ институтын беккемлеў тараўындағы жумысларды түп-тикарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманының қабыл етилиўи шын мәнисинде ҳаял-қызларымызға көрсетилип атырған айрықша ғамқорлық ҳәм итибардың айқын көриниси болып табылады.
Илажда өзиниң айрықша қәбилети, зийреклиги менен өрнек көрсеткен қызлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен хошаметленди. Олар арасында Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы студент-қызлары да мүнәсип сыйлықланды.






Мағлыўмат ушын атап өтиўимиз тийис БМШ Бас Ассамблеясының 2011-жыл 19-декабрдеги резолюцисына тийкар 11-октябрь «Халықаралық қызлар күни» сыпатында белгиленип келинеди.
Филиал баспасөз хызмети.
![]()