Бүгин Хорезм ўәлаятында жумыс алып барып атырған музык ҳәм көркем өнер мектеби директорлары Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында миймандла болды.

Дәслеп мийманларды Жаслар мәселелери, руўхый ҳәм ағартыўшылық ислер бойынша директор орынбасары А.Өтепбергенов күтип алды. Ушырасыўда елимизде жасларды музыка, әдебият, театр ҳәм көркем өнерге бағдарлаў бағдарындағы жумыслар, сондай-ақ, тараўда әмелге асырылып атырған реформалар ҳаққында атап өтилди. Буннан соң, филиал турмысы ҳәм ҳәрекет етип турған тәлим бағдарлар бойынша мағлыўматлар берилди.


Илаж соңында өз ара бирге ислесиў бойынша шәртнамалар дүзилди.
Филиал баспасөз хызмети
![]()