ИЙИС ГАЗИ ҲӘМ ӨРТЛЕРДИҢ АЛДЫН АЛЫЎ БОЙЫНША ТҮСИНИК БЕРДИ

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 29.10.2022

Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында арықша жағдайлар бөлими қәнигелериниң қатнасыўында өрт қәўипсизлигиниң алдын алыўға бағышланған көргизбели илаж болып өтти. Ушырасыўда Нөкис қаласы Айрықша жағдайлар бөлими қәнигелери  З.Ваисов ҳәм П.Курбанбаевлар шығып сөйлеп, гүз-қыс мәўсиминиң басланыўы менен пуқараларда жылытыў үскенелерине зәрүрлик сезилетуғынлығы ҳәм жылытыў үскенелеине болған мүтәжликлеримизди қанаатландырыўда олардың сазлығына айрықша итибар қаратыў әҳмийетли мәселелерден екенлигин айрықша атап өтти.  

Илажда атап өтилгениндей, Гүз-қыс мәўсиминиң басланыўы менен мәмлекетимиздиң түри аймақларында ийис газинен зәҳәрлениў менен байланыслы жағдайлар ушырасады. Ийис гази реңсиз, ийиссиз зәҳәрли бирикпе болып, тәбийий газ, көмир ҳәм отын шоқлары толық жанбаўы ақыбетинде пайда болады. Түтин қурамында болса 50-60 процентке шекем ийис гази болады. Талықлаўларға қарағанда ийис газинен зәҳәрлениў ҳалатларының көпшилиги төмендеги себеплерге бола жүзеге келиди екен.

Пуқаралар тәрепинен газ, көмир ҳәм басқа да жаныўшы затлардан  пайдаланғанда қәўипсизлиқ қағыйдаларына әмел етпеўи, стандартқа жуўап бермейтуғын (қол бала усылындағы) ямаса арнаўлы сертификатқа ийе болмаған ысытыў печлеринен пайдаланыў, ысытыў печлери морыларының дурыс орнатылмаўы, суйытылған газ баллонларды күнделикли отырыў ханаларына алып кирип пайдаланыўы, асханада орнатылған газ плиталарынан ханаларды ысытыў мақсетинде пайдаланыўы, ҳаўа айланыс системасының толық ислемеўи нәтийжесинде келип шығады.

Сонлықтан ийис газиниң пайда болыў себеплерине жол қоймаў ҳәм оннан зәҳәрлениўдиң алдын алыў ушын бир қатар зәрүр илажларды көриў усыныс етиледи.

Атап айтқанда, газ үскенесинен имарат ишин ысытыў ҳәм оның үстине кийимлерди қурытыў ҳәм плитаны қараўсыз қалдырыўға жол қоймаў талап етиледи. Буннан басқа да газ ийиси шығып турған жерди шырпы жағып тексериў мүмкин емес. Газ баллонларды ысытыўшы үскенелер жанында қалдырмаў лазым. Егерде имарат ишинде газ ийиси сезилсе, айна ҳәм қапыларды ашыў, көшеге шығыў ҳәм 104 яки 1054 қутқарыў хызметине қоңыраў етиў керек. Бундай жағдайларда свет, от жағыў, электр үскенелерин иске қосыў қадаған етиледи.

Сондай-ақ, газ ийисин сезгенде газ плиталары ҳәм ысытыў печлерин газ тармағынан өшириў, есик ҳәм айналарды ашыў, ханаларды самаллатыў, ханадаға электр үскенеелерин қоспаў яки жанып қалған болса өширмеў талап етиледи. Себеби, бул өрт яки газ-ҳаўа араласпасының шағылысыўына алып келиўи мүмкин. Газ ийисин сезсеңиз оны анықлаў ушын шырпы жағып емес, сабын гөбигинен пайдаланың. Соның менен бирге, жас өспирим балаларды газ үскенелеринен пайдаланыўшы орынларда қадағалаўсыз қалдырыў мүмкин емес.

Әлбетте,  усы атап өтилген қағыйдаларға әмел етсек ийис гази ҳәм өртлердиң келип шығыўының алдын алған боламыз.

Филиал баспасөз хызмети.

Loading

Paydalı derekler

Загрузка...