ФИЛИАЛ КЕҢЕСИНИҢ ГЕЗЕКТЕГИ МӘЖИЛИСИ БОЛЫП ӨТТИ

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 01.12.2022

Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы кеңесиниң гезектеги мәжилиси болып өтти. Оған филиал администрация хызметкерлери, кафедра баслықлары ҳәм профессор-оқытыўшылар катнасты.

Илажды Филиал директори, филология илимлериниң кандидаты А.Аяпов басқарып барды ҳәм күн тәртибиндеги мәселелерди таныстырып өтти.

Филиал кеңеси мәжилисинде Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң 2022-жыл   11-ноябрь күнги “Жоқары оқыў орынлары психологлары жумысын буннан былай да жетилистириў, олардың билимин асырыў курсларын шөлкемлестириў ҳаққында”ғы 373-санлы буйрығында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы, Айымхан Шамуратова атындағы стипендияны енгизиў мәселелери, Студентлердиң ҳуқықый саўатлылылғын жетилистириўде “Конституция ҳәм нызамларды үйрениў” айлығын шөлкемлестириў, Студентлердиң бос ўақытын мазмунлы өткериў ҳәм студент-қызлар арасында әдеп-икрамлылық темасындағы үгит-нәсият жумысларының әмелге асырылыўы, сондай-ақ, Мәлимлеме ресурс орайының жаңа әдебиятлар менен тәмийинленгенлиги бойынша шығып сөйлеўшилердиң баянатлары тыңланды.

Илаж соңында филиал кеңесинде көрилген мәселелер бойынша алдағы ўазыйпалар белгиленип алынды.

Филиал баспасөз хызмети.

Loading

Paydalı derekler