3-ДЕКАБРЬ – ХАЛЫҚАРАЛЫҚ МАЙЫПЛАР КҮНИ

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 03.12.2022

Бирлескен миллетлер шөлкеми Бас Ассамблеясының 1992-жыл 14-октябрдеги қарары менен 3-декабрь – Халықаралық майыплар күни деп белгиленди. Бул сәне пүткил дүнья бойлап кең белгиленеди. Бундағы тийкарғы мақсет – майыплығы болған ҳәм имканияты шекленген пуқараларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўдан ибарат.

Сәне мүнәсибети менен Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында билим алып атырған майыплығы болған студент-жаслардың қатнасыўында илаж болып өтти. Онда Ҳаял-қызлар мәселелери бойынша директор мәсләҳәтшиси О.Қдырниязова ҳәм филиал профилактика инспекторы Н.Еримбетовлар шығып сөйлеп, мәмлекетимизде имканияты шекленген ҳәм майыплығы болған пуқараларға айрықша итибар қаратылып, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўда нәтийжели жумыслар алып барылып атырғанлығын атап өтти. Буннан соң, филиал администрациясы тәрепинен таярланған саўғаларын тапсырды.

Өз гезегинде студент-жаслар оқыў дәргайында өзлерине жаратылған имканиятлар ҳәм усындай үлкен итибар ушын өзлериниң шексиз миннетдаршылқларын билдирди.

Филиал баспасөз хызмети.

Loading

Paydalı derekler