ИЖАРАДА ТУРЫЎШЫ СТУДЕНТЛЕРДЕН ХАБАР АЛДЫ

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 15.12.2022

Үлкемизде кыс мәўсими ҳүким сүрмекте. Қыс айының дәслепки он күнлигинде ҳаўа райы кескин суўытып, өзиниң қайсарлығын көрсетти. Усындай суўық күнлерде пуқараларымызда жылытыў үскенелеине болған мүтәжлик артады. Бул жолда үйлерди жылытыўда ысытыў казанханаларының сазлығына айрықша итибар қаратыў талап етиледи.

Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы директоры мәсләҳәтшиси Қ.Якубов, профилактика инспекторы Н.Еримбетов ҳәм тютор Т.Калжановалар ижарада турыўшы студент-жаслардың ҳал жағдайынан хабар алды.

Илаж барысында ханаларды ысытыўда қолбала усылында таярланған ысытыў үскенелеринен  пайдаланбаў, газ ҳәм электор үскенелеринен пайдаланғанда абайлы болыў, сондай-ақ, студенлерге бос ўақтын бийкар өткермеўде пайдалы шынығыўлар менен шуғылланыў кереклиги де түсиндирилди.

Филиал баспасөз хызмети.

Loading

Paydalı derekler