Усы жыл 16-декабрь күни Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигинде елимиздиң жәмийетлик-сиясий ҳәм социал-экономикалық турмысында белсендилик көрсетип киятырған жоқары окыў орынлары ректор ҳәм директорлары «Өзбекстан Конституциясының 30 жыллығы» естелик белгиси менен сыйлықланды.
Илажда Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министриниң биринши орынбасары К.Каримов естелик белгисин салтанатлы түрде тапсырды.
Усындай көкирек белгиси менен сыйлықланғанлар арасында Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы директоры А.Аяповта «Өзбекстан Конституциясының 30 жыллығы» естелик белгиси менен сыйлықланды.


Өз гезегинде филиал директоры А.Аяповты жәәмәт атынан қызғын қутлықлап, алдағы жумысларында табыслар тилеймиз.Филиал баспасөз хызмети
![]()