ЖЫЛ ЖУЎМАҒЫНА БИР НӘЗЕР

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 30.12.2022

Жаңа жылдың кирип келиўине де санаўлы күнлер калды. Жаңа жыл шыршасы, ондағы рәң-бәрең безеклер – булардың барлығы пайтахтымыз жамалына шырай қосып, кеўиллерге өзгеше қуўаныш бағышламақта.

Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында жуўмақланыў алдында турған 2022-жылда руўхый-ағартыўшылық, оқыў процеси ҳәм илимий искерлик жумысларында бир катар қолға киргизген табыслар, жетискенликлерге толы жыл болды. Әлбетте, бул жетискенликлер жәмәәттиң биргликтеги ҳәрекетиниң нәтийжеси деп билемиз.  

Атап айтқанда, үлкен жетискенликлеримиздиң бири өткен жылы филиалдан бир студент мәмлекетлик стипендия жеңимпазы болған болса, 2022-2023-оқыў жылында төрт студентимиз мәмлекетлик стипендия жеңимпазы болыўға миясар болды. Олардан «Кино, телевидение ҳәм радио сес режиссёрлығы» тәлим бағдарының 4-курс студенти Шахрибану Реймова Өзбекстан Республикасы Президент  мәмлекетлик стипендиясы, «Сахна ҳәм экран көркем өнери драматургиясы» тәлим бағдарының 3-курс студенти Нозима Улуғова Ислам Каримов атындағы мәмлекетлик стипендиясы, «Вокал атқарыўшылығы» тәлим бағдарының 3-курс студенти Маржан Аллиярова И.Юсупов атындағы мәмлекетлик стипендиясы, «Сахна ҳәм экран көркем өнери драматургиясы» тәлим бағдарының 3-курс студенти Шахноза Қудайбергеновалар Т.Қайыпбергенов атындағы мәмлекетлик стипендия жеңимпазлығын қолға киргизди.

Филиалда илимий изертлеў жумысларының алып барылыўы нәтийжесинде  2022-жылда илимий дәрежелилик 39 процентти курады.Әлбетте, бул көрсеткиш өз-өзинен емес. Усы жылда үш профессор-оқытыўшы  PhD илимий дәрежесин қорғады. Олардан Айнура Бекжанова, Айдос Худайназаров, Қошқарбай Матимовлар фидософия докторы PhD илимий дәрежесин алыўға миясар болды. Еки профессор-оқытыўшы Нажиматдин Аңсатбаев ҳәм Гүлшира Ходжаметовалар профессор атағын алыўға еристи. Төрт профессор-оқытыўшы доцент илимий атағына ийе болды. Олардан Нуратдин Хамидов, Ықлас Моянов, Лариса Уразова ҳәм Гүлшира Сапарбаевалар доцент илимий атағын алыўға мисар болды.

Студент-жаслардың теориялық билимин жетилистириўде оқыў әдебиятлар, сабақлық ҳәм оқыў қолланбалар әҳмийетли саналады. Быйылғы жылдың өзинде профессор-оқытыўшылар тәрепинен жаратылған 10 сабақлық, 3 монография, 35 оқыў методикалық қолланбалар баспадан шықты. Сондай-ақ, бес оқыўлық ҳәм сабақлық авторлары патент алыўға еристи.

Соны айрықша атап өтиўимиз тийис, филиалда халық аралық байланыслар бағдарында 8 сырт ел жоқары оқыў орынлары менен бирге ислесиў бойынша шәртнамалар дүзилди. Солардан усы жылдың өзинде Россия Федерациясы Қазан мәмлекетлик мәденият институты, Бейшеналиева атындағы Қырғыз мәмлекетлик мәденият ҳәм көркем өнер институты, сондай-ақ, Белорус мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институтлары менен бирги ислесиў бойынша Меморандумларға қол қойылды. Буннан тысқары 2021-2022-оқыў жылында өз ара шәртнама дүзилген  халық аралық университетлерден 7 профессор-оқытыўшы филиалға қамтып алынды. Еки студентимиз сырт ел жоқары окыў орынларында академиялық тәжирийбе алмасты.

Мәденият ҳәм китапхана хабар искерлиги кафедрасы ассистент оқытыўшысы Гулмира Бектурсынова Өзбекстан Республикасы Инновациалық раўажланыў министрлиги тәрепинен жас алымларды сырт ел илимий мәкемелерине қысқа мүддетке стажировкаларға жибериў бойынша шөлкемлестирилген таңлаўда жеңимпазлықты қолға киргизип, Россияның Россия театр көркем өнери институтында бир айлық илимий стажировка өтеў сертификатын жеңип алды.    

Сондай-ақ, филиалдың материаллық техникалық базасын беккемлеў бағдарында да нәтийжели жумыслар алып барылды. Атап айтқанда, оқыў имартының ескирген қапы ҳәм айналары жаңадан заманагөй қапы айналарға алмастырылыды.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң «2021-2023 жылларда Өзбекстан Республикасының социаллық ҳәм ислеп шығарыў инфраструктурасын раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарына тийкар 300 орынлы жатақхана имаратының қурылыс жумыслары алып барылмақта. Қурылыс жумыслары жақын күнлер ишинде питкерилип, тапсырылыўы режелестирилген.  

Айта берсек жетискенликлеримиз, қолға киргизген табыслармыз көп. Әлбетте, бул жетискеликлер менен шекленип қалмаймыз. Бул бағдардағы жумысларымызды еле де жетилистирип, биргеликтеги ҳәрекетлеримиз нәтийжесинде усындай қуўанышлардың гүўасы болабергеймиз.

Сөзимниң жуўмағында бәршемизди кирип киятырған Жаңа жыл байрамы менен қызғын қутлықлап, шаңарақларыңызға аманлық, аўызбиршилик, беккем ден-саўлық, халқымыз абаданлығы жолындағы ийгиликли ислериңизде табыслар тилеймен.

Жаңа жылыңыз және бир мәрте қутлы мүбәрек болсын.

Аманжол АЯПОВ,

Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият

 институты Нөкис филиалы директори,

Филология илимлериниң кандидаты.

Loading

Paydalı derekler

Загрузка...