Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында руўхый-ағартыўшылық ҳәм тәлим-тәрбия жумысларын жетилистириў мәселелерине бағышланған илаж болып өтти. Оған филиал администрация хызметкерлери, профессор-оқытыўшылар, декан орынбасарлары, профилактика инспекторы ҳәм тьютор қәнигелери қатнасты.


Илажда филиал директоры А.Аяпов жаслар арасында тәлим-тәрбия жумысларының нәтийжелилигин арттырыў, оларды илимге, көркем өнерге ҳәм басқа да пайдалы шынығыўларға бағдарлаў, жол-жоба көрсетиў бағдарындағы жумысларымызды еле де жетилистириў, сондай-ақ, басланыў алдында турған жуўмақлаўшы имтиханлар барысында ҳәр қыйлы дәмегөйлик, коррупcиялық жағдайлардан аўлақ болыў кереклигин айрықша атап өтти.
Буннан соң директор мәсләҳәтшиси Қ.Якубов шығып сөйлеп, елимизде жасларға байланыслы мәмлекетлик бағдарлама шеңберинде әмелге асырылып атырған реформалар, бул бағдардағы илажларда жаслардың белсендилигин арттырыў, сондай-ақ, бүгинги мәлимлеме коммуникация технологиялар раўажланған дәўирде жаслар тәлим-тәрбиясына айрықша итибар қаратыў, оларды Ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, елимиздиң гүллеп раўажланыўына мүнәсип үлес қосыўдай ийгиликли ислерге бағдарлаў, ғалабалық мәденияттың түрли тәсирлеринен қорғаў, сөйлеў әдеби, кийиниў мәдениятына итибар қаратыў кереклиги бойынша түсиник берип өтти.

Сондай-ақ, мәжилисте Коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм комплаенс қадағалаў бөлими қәнигеси А.Жаримбетов шығып сөйлеп, жуўмақлаўшы имтихан дәўиринде коррупция менен байланыслы болған дәмегөйлек иллетинен аўлақ болыў кереклиги бойынша тоқтап өтти.

Өз ара пикир алысыў тәризинде болып өткен илажда ислениўи тийис ўазыйпалар белгиленип алынды.
Филиал баспасөз хызмети.
![]()