Көпшиликтиң хабары бар, 2021-жыл 27-март күни «Өзбекстан» ҳәм «Қарақалпақстан» телеканаллары арқалы «Айдынлар» фильминиң премьерасы болып өткен еди. Халқымыз фильмди жыллы жүзлилик пенен күтип алды. Фильмде Арал тәғдири, оның кешеги ҳәм бүгинги күни сүўретленген. Соның менен бирге, соңғы жыллары Президентимиздиң басламасы менен Мойнақ районында әмелге асырылған дөретиўшилик жумыслар, жаңаланыўлар ҳәм өгерислер ҳаққында кең түрде сөз етиледи.
Бүгин Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институы Нөкис филиалында усы фильминде бас қаҳараман образын жоқары дәрежеде атқарған «Музыкалы театр режиссёрлығы» тәлим бағдарының 3-курс студенти Арман Барақов ҳәм «Сахна ҳәм экран көркем өнери драматургиясы» тәлим бағдарының 2-курс студенти Гүлжахан Палўаниязова, сондай-ақ, фильмде рол атқарған басқа да актёрлардың қатнасыўында ушырасыў шөлкемлестирилди.


Ушырасыўда Филиал директоры А.Аяпов, «Режиссура ҳәм актёрлық шеберлиги» кафедрасы оқытыўшысы, Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен артист Б.Назарымбетов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, «Айдынлар» фильмин халқымыз тәрепинен жоқары дәрежеде күтип алынғаны, актёрлардың фильмде кәмине кетирип роль аткарғанлығын атап өтип, алдағы дөретиўшилик жумысларында табыслар тиледи.


Илаж соңында фильм қаҳарманларына филиал администрациясы тәрепинен таярланған саўғалар тапсырылды.
Буннан соң қатнасыўшыларға «Айдынлар» фильми қойып берилди.


Филиал баспасөз хызмети.
![]()