«БАХЫТЛЫ ШАҢАРАҚ ФОРМУЛАСЫ» АТАМАСЫНДА СЕМИНАР-ТРЕНИНГ ӨТКЕРИЛДИ

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 07.02.2023

Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында студент-жаслардың қатнасыўында «Бахытлы шаңарақ формуласы» атамасында психологиялық семинар-тренинг болып өтти.  

Семинар-тренингде Ҳаял-қызлар мәселелери бойынша директор мәләҳәтшиси О.Қдырниязова, «Социал-гуманитар пәнлер» кафедрасы оқытыўшылары С.Файзуллаева ҳәм Н.Ерназаровлар жәмийеттиң тийкарғы буўыны болған шаңарақта бахытлы турмыс кешириўде көбирек нелерге итибар бериў кереклиги бойынша түсиник берип өтти.

Беккем шанарақ ҳәм татыў турмыс қурыўда бир-бирин ҳүрмет етиў, исеним, бир-бирин түсиниў, жас үлкенлер нәсиятын тыңлай билиў, кеширимли болыў керелигин атап өтти. Турмыста усы әмеллерди қолланса жәмийет ушын керекли саламат шанарақ ийеси болып жетилисемиз .

Филиалбаспасөз хызмети.

Loading

Paydalı derekler