Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында «Жаслар арасында нәшебентлик ҳәм психотроп қуралларының тарқалыўының алдын алыў» атамасында профилактикалық ушырасыў болып өтти.

Илажда филиал директоры мәсләҳәтшиси Қ.Якубов, Ҳаял-қызлар мәселелери бойынша директор мәләҳәтшиси О.Қдырниязова, факультет деканы Г.Ходжаметова ҳәм Филиал профилактика инспекторы Н.Еримбетовлар шығып сөйлеп, нәшебентликтиң инсан саламатлығына кери тәсир, келешек әўладтың өсип раўажланыўыўа кери тәсир көрсетиўши иллет екенлиги ҳаққында мағлыўмат берип өтти.

Ушырасыўда атап өтилгениндей, инсан организми нәшебентлик затларды қабыл еткеннен кейин оған үйренип қалыўы тәбийғый жағдай. Ол АИЖС, гепатит, туберкулёз сыяқлы кеселликлерди келтирип шығарады. Статистикалық мағлыматларға қарағанда нәшебентлик затларды қабыллаған ҳәр бир адам бир жыл даўамында орташа жети, сегиз адамды өзиниң қатарына қосады екен. Сонлықтан жасларды жәмийетимизге жат болған қәўиплерден қорғаў, ана Ўатанға ҳүрмет ҳәм миллий қәдириятлар руўхында тәрбиялаў баслы ўазыйпалардан саналады. Бул бағдарда жаслардың бос ўақытларын мазмунлы өткериўге қаратылған үгит-нәсият илажларын турақлы түрде алып барыўыўмыз тийис.

Илаж даўамындажасларға бундай жат иллетлерден аўлақ болыў ҳәм бос ўақытларын мазмунлы өткериў, сондай-ақ, пикирлеў ҳәм руўхый дүнясын жетилистириўде көбирек әдебий китаплар оқыў, спорт пенен шуғылланыў кереклиги бойынша түсиниклер берилди.
Филиал баспасөз хызмети.
![]()