Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы ағзасы, Қарақалпақстан Халық билимлендириў ағласы, жазыўшы-журналист, сатирик-юморист Бийсенбай Бекмуратовтың 60 жасқа толыўы мүнәсибети менен ушырасыў кешеси болып өтти.

Илажды Филиал директорының Илимий ислер ҳәм инновациялар бойынша директор орынбасары Н.Хамидов алып барды. Онда Өзбекстан илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлими Қарақалпақ илимлер илим изертлеў институтының «Қарақалпақ әдебияты» бөлими хызметкери, Филология илимлериниң кандидаты, доцент Арыўхан Утамбетова, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының ағзасы Генжебай Жүгинисов, Техноген ҳәм көркем өнер драматургиясы кафедрасы ў.ўа. доценти Жаббарберген Хожановлар шығып сөйлеп, жазыўшының өмир жолы ҳәм дөреткен шығармалары ҳаққында кең түрде мағлыўмат берип өтти.

Илажда атап өтилгениндей, Б.Бекмуратовты халқымыз белгили журналист, жазыўшы, сатирик сыпатында кеңнен беледи. Мийнет жолын баспасөзден баслаған ол дәслепки жарық көрген публицистикалық мақалалары ҳәм сатира-юмор жанрындағы шығармалары әдебият майданына жетелейди. Оның дәслепки «Аўыл әңгимелери» (2009), «Бүгин-ақ кетсин…» (2011), «Әйтек пенен Сейтек ўақыялары» (2015), «Минези қызық Меңлибай» (2018) сыяқлы сатира-юморлық топламлары әдебият сүйер ықласбентлер нәзерине усынылған. Соңғы жылларда дөрелген «Қарақшылар», «Жағыстағы жаўызлық» ҳәм «Соңғы пушайман» атамасындағы прозалық шығармалары халқымыз тәрепинен айрықша қызығыўшылық пенен күтип алынды.


Сондай-ақ, оның юморлық ҳәм сатиралық гүрриңлери, пубилицистикалық бағдардағы гүрриңлери менен мақалалары «Әмиўдәрья», «Муштум», «Саза» журналларында, «Еркин Қарақалпақстан, «Оила даврасида», «Қарақалпақ әдебияты», «Қарақалпақстан жаслары», «Мәденият ҳәм спорт», «Устаз жолы», «Өмирбек лаққы», «Шыпакер», «Қарақалпақстан ҳаўазы», «Қарақалпақстан мәденияты» ҳәм қалалық, районлық газеталарда басылмақта ҳәм Қарақалпақстан радосының «Тикенек» сатиралық радио-журналында жарық көрмекте. Ҳәзирги ўақытта Б.Бекмуратов «Бозатаў ҳаўазы» газетасының бас редакторы лаўазымында жумыс алып бармақта. Ол Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының ағзасы болыў менен бирге «Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў ағласы» көкирек нышанын алыўға миясар болды.

Илаж соңында студент-жаслар жазыўшының шығармлары бойынша өзлериниң қызықтырған сораўларына жуўап алды.
Филиал баспасөз хызмети.
![]()