ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕС БАСЛЫҒЫ СТУДЕНТ ЖАСЛАР МЕНЕН УШЫРАСТЫ

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 03.03.2023

Елимизде оқыйман, изленемен, өз қәбилетимди жүзеге шығараман деген жаслар ушын барлық имканиятлар жаратылған. Усындай  имканиятлардан нәтийжели пайдаланып, оқыўда, спортта, илимий дөретиўш илик жумысларда өзлериниң умтылыўшаңлығы менен теңлеслерине үлги болған жасларымыз көпшиликти қурайды.

Усы жыл 28-февраль күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев өз теңлеслери арасында айрықша қәбилети менен көзге түскен бир қатар белсенди жаслар менен ушырасты. Ушырасыўда Жоқарғы Кеңес Баслығы бүгинги күнде жасларға жаратылып берилип атырған имканиятлар ҳәм ҳүрметли Президентимиздиң айрықша итибары жоқары екенлигин айрықша атап өтти.

Филиалда 2022-2023-жылы төрт студент мәмлекетлик стипендия жеңимпазы болды. Олардан «Кино, телевидение ҳәм радио сес режиссёрлығы» тәлим бағдарының 4-курс студенти Шахрибану Реймова Өзбекстан Республикасы Президент  мәмлекетлик стипендиясы, «Сахна ҳәм экран көркем өнери драматургиясы» тәлим бағдарының 3-курс студенти Нозима Улуғова Ислам Каримов атындағы мәмлекетлик стипендиясы, «Вокал атқарыўшылығы» тәлим бағдарының 3-курс студенти Маржан Аллиярова И.Юсупов атындағы мәмлекетлик стипендиясы ҳәм «Сахна ҳәм экран көркем өнери драматургиясы» тәлим бағдарының 3-курс студенти Шахноза Қудайбергеновалар Т.Қайыпбергенов атындағы мәмлекетлик стипендия жеңимпазлығын қолға киргизди. Әлбетте, жаслардың мәмлекетлик стипендия жеңимпазлығын қолға киргизгени филиал ушын үлкен жетискенлик есапланады.

Өткерилген ушырасыўда Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы директоры А.Аяпов, Жаслар мәселелери ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислер бойынша директор орынбасары А.Өтепбергенов, директор мәсләҳәтшиси Қ.Якубов, Ҳаял-қызлар Кеңеси баслығы О.Кдырниязова ҳәм 2022-2023-оқыў жылында мәмлекетлик стипендия жеңимпазлығын қолға киргизген студент-жаслар қатнасты.

Илаж соңында мәмлекетлик стипендиялар жеңимпазлары ҳәм “Универсиада-2022” спорт жарысларының жеңимпазларына баҳалы саўғалар тапсырылды.

Филиал баспасөз хызмети.

Loading

Paydalı derekler

Загрузка...