ФИЛИАЛДА АШЫҚ ЕСИКЛЕР КҮНИ ИЛАЖЫ БОЛЫП ӨТТИ

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 03.03.2023

Бүгин Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы студент-жаслары ата-аналары ушын «Ашық есиклер күни» илажы шөлкемлестирилди.

Илажда филиал директоры А.Аяпов, «Көркем өнертаныў» факультет деканы Г.Ходжаметовалар бүгинги күнде билимлендириў тараўында жүргизилип атырған реформалар, филиалда жаслар ушын жаратылған шараятлар, қолға киргизген табыслары ҳәм студентлер ушын жатақхана имаратының қурылып атырганы ҳаққында мағлыўмат берип өтти. Сондай-ақ, ата-аналар мәжилисинде бүгинги глоабалласыў дәўиринде жаслардың тәлим-тәрбиясына айрықша итибар қаратыў, телефон ҳәм интернеттен нәтийжели пайдаланыўын турақлы қадағалаў, олардың сөйлеў әдеби, кийиниў мәдениятына итибар қаратыў жуўапкершиликти талап ететуғынлығы айрықша атап өтилди.

Сондай-ақ, мәжилисте шәртнама төлемлерин төлеўде  мәмлекетимиз тәрепинен жеңилликлер берилип, төлеў мүддетлери узайтылып берилип атырғанлығы атап өтилди. Бирақ, айрым шәртнама төлемлери усы күнге шекем төлемей китятырған (төленседе толық емес) жағдайлар ушырасып атырғанлығы мәжилис қатнасыўшыларына түсиндирилди.

Илаж соңында студентлер тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы қойып берилип, оқыўда ҳәм жәмийетлик жумысларда белсенди болған студентлердиң ата-аналарына миннетдаршылық хатлары тапсырылды.

ӨзМКӨМИ Нөкис филиалы баспасөз хизметы.

Loading

Paydalı derekler

Загрузка...