АТҚАРЫЎ ТӘРТИБИ ҲӘМ ТӘЛИМ-ТӘРБИЯ МӘСЕЛЕЛЕРИНЕ БАҒЫШЛАНҒАН МӘЖИЛИС БОЛЫП ӨТТИ

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 13.03.2023

Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында атқарыў тәртиби ҳәм тәлим-тәрбия мәселелерине бағышланған аппарат мәжилиси болып өтти. Оған директор орынбасарлары, факультет деканы, кафедра баслықлары ҳәм бөлим баслықлар қатнасты.

Мәжилисте филиал директоры А.Аяпов күн тәртибиндеги мәселелер бойынша атқарыў тәртибинде ҳүжжетлердиң орынланыўы, студентлердиң тәлим-тәрбиясы, сабаққа қатнасы, тәртип-интизам, шәртнама төлемлерин ўақтында өндириў, кийиниў мәдениятына итибар қаратыў кереклигин айрықша атап өтти.

 Сондай-ақ, илажда атқарыў тәртибинде хатлардың орынланыўы, келип түскен мүрәжатлар менен ислесиў, студентлердиң сабаққа қатнасы, шәртнама төлемлери, филиалдың 2022-жыл рейтинг нәтийжелериниң дәслепки жуўмақлары, сондай-ақ, студентлердиң бәнтлик мәселеси бойынша жуўапкерлердиң мағлыўматлары тыңланды.

Мәжилисте студентлердиң тәлим-тәрбиясы, сабаққа қатнасы, тәртип-интизамы, шәртнама төлемлерин ўақтында өндириў мәселелерине қатаң итибар қаратыў кереклиги бойынша жуўапкерлерге  тапсырмалар берилди.

Илаж соңында ислениўи тийис ўазыйпалар белгиленип алынды.

Филиал баспасөз хызмети.

Loading

Paydalı derekler

Загрузка...