АШЫҚ САБАҚТА СТУДЕНТЛЕР ТЕМА БОЙЫНША БИЛИМЛЕРИН БЕККЕМЛЕДИ

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 23.03.2023

Өзбекстан мəмлекетлик көркем өнер ҳəм мəденият институты Нөкис филиалы «Техноген ҳəм драматургия көркем өнери» кафедрасы окытыўшысы М.Хожанова «Сахна ҳәм экран драматургиясы» тәлим бағдары  2-курс студентлерине «Драма теориясы» пəнинен «Драматургия ҳәм театр ѳнери» темасында ашық сабақ өтти.

Ашық сабақ даўамында студент-жаслар еки топарға бөлинип, В.Шекспирдиӊ “Гамлет” шығармасын талқылады. Қызғын пикир таласлаға бай болған ашық сабақта студент-жаслар тема бойынша билимлерин беккемлеп барды.

Филиал баспасөз хызмети.

Loading

Paydalı derekler