ФИЛИАЛ КЕҢЕСИНИҢ ГЕЗЕКТЕГИ МӘЖИЛИСИ ӨТКЕРИЛДИ

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 01.04.2023

Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы кеңесиниң гезектеги мәжилиси болып өтти. Оған филиал администрация хызметкерлери, кафедра баслықлары ҳәм профессор-оқытыўшылар катнасты.

Илажды Филиал директори, филология илимлериниң кандидаты А.Аяпов басқарып барды. Мәжилисте күн тәртибиндеги мәселелер бойынша шығып сөйлеўшилердиң баянатлары тыңланды. Онда Физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлары менен ислесиў, қадағалаў ҳәм мониторинг бөлими баслығы Ш.Дошановтың атқарыў тәртибинде ҳүжжетлердиң орынланыўы ҳақкында, Жаслар мәселелери ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша директор орынбасары А.Өтепбергеновтың «2023-жылғы Наўрыз улыўмахалықлық байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққында»ғы  қарарының орынланыўын тәмийинлеўде исленген жумыслар ҳаққында”, Оқыў ислери бойынша директор орынбасары Ж.Шаниязовтың студентлердиң сабаққа қатнас мәселелри бойынша, Оқыў бөлим баслығы Б.Турдыевтың кафедралардың педагогикалық әмелияттың барысы бойынша, “Көркем өнертаныў факультети деканы Г.Ходжаметованың Устаз-шәкирт» бағдарында дөретиўши жаслар менен алып барылып атырған жумыслар ҳаққында, Ҳалық дөретиўшилиги» кафедрасы баслығы З.Бекбергеновтың кафедрада режеге тийкар илимий ҳәм руўхый-ағартыўшылық жумысларының алып барылўы ҳаққында, Мәлимлеме технологиялары орайы баслығы Қ.Нуркеевтиң филиалда заманагөй мәлимлеме коммуникация технологияларын орнатыў бағдарында исленип атырған жумыслар бойынша мәлимлемелери тыңланды.

Сондай-ақ, «Қарақалпақстан мәденияты» газетасының 2023-жыл 11-февраль №3-санында дағаза етилген таңлаў бойынша жабық даўыс бериў арқалы талабанлар аға окытыўшы ҳәм ассистент оқытыўшы лаўазымларына сайланды.

Илаж соңында филиал кеңесинде көрилген мәселелер бойынша алдағы ўазыйпалар белгиленип алынды.

Филиал баспасөз хызмети.

Loading

Paydalı derekler

Загрузка...