Көпшиликтиң хабары бар, Президентмиз Ш.Мирзиёев 2020-жыл 25-декабрь күни мәмлекетимиз жаслары менен видеоселектор тәризинде өткерилген Өзбекстан жаслары форумында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеўде Қарақалпақстан Республикасынан 85 жас, Хорезм ўәлаятынан 65 жас Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалына қабыл етилип, ҳәзирги ўақытта дәргайда билим алмақта.
Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты ректоры ў.ў.а. Э.Шерманов ҳәм филиал директоры А.Аяповлар Мойнақ районынан жеңилликли тийкарда қабыл етилген бес студенттиң ата-аналары менен сәўбетлести. Ушырасыўда елимизде жаслар ушын жаратылған имканиятлардан нәтийжели пайдаланып перзентлериниң студент болыў бахтына ерискени менен қутлықлап, келешекте илим, мәденият ҳәм көркем өнер тараўының раўажланыўына мүнәсип үлес қосатуғын маман қәнигелер болып жетилисиўине тилеклеслик билдирди. Сондай-ақ, ушырасыўда жаңа редакциядағы Конституцияның мазмун-әҳмийетиде түсиндирилип, Конституция жойбарындағы статьялар саны әмелдеги 128 ден 155 ке, нормалар саны 275 тен 434 ке артқаны,яғный, Тийкарғы нызамымыздың 65 процент тексти халқымыз усыныслары тийкарында жаңаланғаны атап өтилди.
Илаж соңында мийманлар райондағы дықатқа ылайық орынларды тамашалады.





Филиал баспасөз хызмети.
![]()