СТУДЕНТ-ЖАСЛАР САМАРҚАНД ҚАЛАСЫНДА

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 07.04.2023

Ишки туризм

Соңғы жыллары мәмлекетимизде ишки туризмди раўажландырыўда елимиздиң тарийхый ҳәм мәдений ҳәм зыярат орынларына саяхат шөлкемлестириўде көплеген жумыслар әмелге асырылмақта. Бүгин Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы тәрепинен оқыўда ҳәм жәмийетлик жумысларда белсене қатнасып жүрген студент-жаслар ушын Самарқанд қаласына саяхат шөлкемлестирилди.

Жаслар саяхат даўамында Самарқанд қаласындағы тарийхый ҳәм мәдений естеликлер менен кеңнен таныспақта. Әлбетте,  бундай илажлар жаслардың руўхый дүньясын байытыўда ҳәм мәдений дем алыўында әҳмийетли есапланады.

Филиал баспасөз хызмети.

Loading

Paydalı derekler

Загрузка...