15-апрель – Мәденият ҳәм көркем өнер хызметкерлери күни
Елимизде соңғы жыллары мәденият ҳәм көркем өнер тараўында да бир қатар реформалар әмелге асырылып, раўажланыўдың жаңа басқышына қәдем тасламақта. Бул бағдарда театр көркем өнеримиз дүнья сахналары нәзерине усынылған болса, бақсышылық көркем өнери ЮНЕСКОның Материаллық емес мәдений мийрасты сақлаў ҳүкиметлераралық комитети тәрепинен Инсанияттың материаллық емес мәдений мийрасы репрезентатив дизиминен орын алыўы дүнья жәмийетшилигиниң халқымыздың мәденият ҳәм көркем өнерине әсиресе, бақсышылық көркем өнерине болған үлкен ҳүрмет-итибардың айқын көриниси есапланады.
Мәденият ҳәм көркем өнер тараўын раўажландырыў бағдарын жүргизилип атырған жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў ҳәм тараў хызметкерлерин қоллап-қуўатлаў, оларға мүнәсип шараятлар жаратыўға бағдарланған бир қатар пәрман ҳәм қарарлар қабыл етилип, тараўдың ҳуқықый базасы беккемленип бармақта. Бул ҳуқықый ҳүжжетлер негизинде “Мәденият ҳәм көркем өнер миллий сыйлығы”, «Мәденият ҳәм көркем өнер пидайысы» көкирек белгисиниң шөлкемлестирилиўи ҳәм 15-апрель — Мәденият ҳәм көркем өнер хызметкерлери күни етип белгилениўи мәмлекетимизде мәденият ҳәм көркем өнер тараўына итибардың артып атырғанын дерек береди.
Мәденият ҳәм көркем өнер халқымыздың миллий қәдириятларын сәўлелендириў менен бирге жаслардың кәмил инсан болып жетилисиўинде, оларда Ўатанға болған сүйиспеншиликти арттырыўда да әҳмийетли есапланады.

Ҳәзирги ўақытта Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында 16 тәлим бағдар бойынша 1430 студент билим алмақта. Студент-жаслардың өз тәлим бағдарлары бойынша маман қәнигелер болып жетилисиўинде профессор-оқытыўшылар қатарында Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық артистлери, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларына хызмет көрсеткен артистлер, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикалары көркем өнер ғайраткерлери, Қарақалпақстан халық бақсыларының бар екенлиги теория ҳәм әмелиятты байланыстырыўда үлкен әҳмийетке ийе. Әлбетте, усындай устазлардан билим алған жаслар арасынан келешекте драматург, бәлент лапызлы бақсылар, эстрада қосықшылары ҳәм көркем өнер ҳәм мәдениятымыздың раўажланыўында үлес қосатуғын басқа да талант ийелери жетилисип шығады деп исенемииз.

Сәне мүнәсибети менен өткерилген байрам салтанатында «Техноген ҳәм драматургия көркем өнери» кафедрасы ў.ў.а. доценти Жаббарберген Хожанов Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Президиумы қарары менен “Ардақлы нураный” көкирек белгиси менен сыйлықланған болса, бир қатар профессор-оқытыўшыларымыз Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң ҳүрмет жарлығы менен сыйлықланды.
Соны айрықша атап өтиўимиз тийис, усы жылдың 30-март күни Президентимиздиң республикамызға болған сапары даўамында дөретиўшилер ҳәм мәденият тараўының ўәкиллери менен болып өткен ушырасыўда мәденият ҳәм көркем өнер тараўларын буннан былайда раўажландырыўда алдымызға бир қатар ўазыйпаларды белгилеп берди.

Бул бағдарда мийнет жәмәәтимиз бенен биргеликте қарақалпақ мәденияты ҳәм көркем-өнериниң раўажланыўында, оның дүнья бойлап танылыўында аянбай мийнет ете беремиз. Сәне мүнәсибети менен бәрше көркем өнер ҳәм мәденият тараўы ўәкиллерин және бир мәрте кәсиплик байрамы бенен қутлықлап, шанарақларына аманлық, дөретиўшилик жумысларыңызда табыслар тилеймиз.
Аманжол АЯПОВ,
Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият
институты Нөкис филиалы директори,
Филология илимлериниң кандидаты.
![]()